«Әжинияз» кѳркем-публицистикалық фильминиң премьерасы өткерилди
1659
Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында әдебиятымызда ѳшпес из қалдырған уллы ойшыл шайырымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен халқымызға инәм етилип атырған «Әжинияз» кѳркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен уллы ойшыл бабамыздың 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде белгиленетуғын халықаралық юбилейлер қатарына киргизилгени, Әжинияз Қосыбай улының атын мәнгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Ҳақыйқатында да, қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының қосықлары ѳзбек, қазақ, қырғыз, әзербайжан, түрк, түркмен, рус ҳәм инглис тиллерине аўдарылды. Усы қутлы сәнени мүнәсип белгилеў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген арнаўлы қарар тийкарында ѳткен қысқа ўақыт ишинде уллы шайырдың юбилей сәнесине бағышланып кѳргизбелер, ҳәр қыйлы кѳрик-таңлаўлар, илимий-теориялық конференциялар, ушырасыў кешелери ҳәм басқа да мәдений-әдебий илажлар кѳтериңки руўхта ѳткерилмекте. Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиӊ басламасы менен сүўретке алынған «Әжинияз» фильми ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан 3 млрд.сум қаржы ажыратылып, бул қарақалпақ кино тарийхында биринши мәрте қысқа мүддетте сүўретке алынған фильм болды. Бул фильм уллы шайырымыздың балалық ҳәм жаслық жылларын, дѳретиўшилик жолын, сол дәўир турмысын сәўлелендирип бере алды десек алжаспаған боламыз. Және бир әҳмийетли тәрепи, фильм 19-ноябрь күни Ташкент қаласындағы Өзбекстан миллий кино өнери сарайында да халқымыз нәзерине усынылады.