Елимизде спорттың шахмат түрин раўажландырыў мәселелери талқыланды
1688
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев елимизде спорттың шахмат түрин раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерди. Онда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен шахматты раўажландырыў ҳәм ғалабаластырыў, спортшы ҳәм тренерлерге қолайлы шараятлар жаратыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, усыншама имканият жаратып берилгенине қарамастан, жуўапкерлердиң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм айырым орынларда шахмат бойынша келешегинен үмит күттиретуғын спортшыларға жетерли дәрежеде итибар қаратылмаўы сыяқлы себеплерге бола республикамызда бул спорт түрин еледе раўажландырыў жумыслары талап дәрежесинде емеслиги айрықша тилге алынды.
Соның менен бир қатарда айырым орынларда шахмат тренерлериниң өз жөнелиси бойынша жетерли дәрежеде билимге ийе емеслиги, бир қатар оқыў дәргайларында дөгереклер жумысы дурыс жолға қойылмағаны ҳәм басқа да мәселелер сын көз қараста қарап шығылды. Мәжилис даўамында жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыў, республикалық ҳәм халықаралық жарысларда сыйлы орынлар ийелери жетилисип шығыўын тәмийинлеў бағдарында ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди.