Бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен Республика көлеминде "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбарына старт берилди
1153
Онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардан видеобайланыс арқалы елимиз абаданлығына, жасыл белбеўлерди пайда етиўге үлес қосыўды нийет еткен республика белсендилери, жаслар, нураныйлар ҳәм ҳаял-қызлар, мәкеме, шөлкемлер хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Нөкис қаласы әтирапында терек нәллерин отырғызыў жумыслары баслап жиберилди.
Айтып өтиў орынлы, быйылғы жылы гүз мәўсиминде “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде жәми 5 млн. 600 мың дана декоратив ҳәм мийўели терек нәллер егилиўи нәзерде тутылған болып, реже артығы менен орынланыўы белгиленген. Бул илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде питомниклеримизде терек нәллериниң резерви жаратылып, 6 млн. 764 мың дана декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин сатып алыў ушын шәртнамалар дүзилген. Бүгинги күнде қала ҳәм районларымызда 2 млн 812 мыңнан аслам терек нәллери егилип, бул жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.