Жоқарғы Кеңес комитетиниң мәжилиси өткерилди
917
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди. Мәжилисти комитет баслығы М.Атамуратов ашты ҳәм алып барды. Күн тәртибинде дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығының орынбасарын сайлаў мәселеси қарап шығылды ҳәм бул лаўазымға 21-санлы “Әмирабад” сайлаў округинен Байриева Алмагул Курбановна сайланды. Сондай-ақ, комитет хаткери етип 3-санлы «Медицина» сайлаў округинен депутат Ли Марина Владимировна сайланды.
Буннан соң, Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниӊ 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асыратуғын илажлардың ис режесин ислеп шығыў ҳаққындағы мәселе қарап шығылды. Мәжилис даўамында халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты туўралы мәселе сын көз-қараста көрип шығылды. Депутатлар тәрепинен сораўлар берилип, әҳмийетли мәселелер көтерилди. Мәжилис жуўмағында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети