Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди
1151
Мәжилисти комитет баслығы Б.Сейтназаров ашты ҳәм алып барды. Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша комитет баслығының орынбасары сыпатында 55-«Халқабад» сайлаў округинен депутат Хабибуллаев Бахытжан Сагидуллаевич ҳәм комитет хаткери сыпатында 42-санлы «Тақыятас» сайлаў округинен депутат Джумамуратова Мукарама Салиевнаның кандидатуралары усынылды ҳәм талабанлар мақулланып, лаўазымларға сайланды. Сондай-ақ, комитеттиң 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылатуғын ис-илажлары режесин ислеп шығыў бойынша усыныс билдирилип, депутатлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң, 2024-жылдың 9 айлық жуўмағы менен жергиликли бюджетке қосымша дәраматлар дереклерин жаратыў бағдарында жасырын экономика көлемин қысқартыў, жаңа салық объектлерин анықлаў арқалы бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы баслығының есабатын тыӊлаў, Қарақалпақстан Республикасын 2024-жылда “Жумыссызлықтан аўлақ аймақ”қа айландырыў илажлары ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Азербаевтың есабатын тыӊлаў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды. Депутатлар тәрепинен күн тәртибиндеги мәселелер бойынша усыныслар ҳәм ушырасып атырған машқалалар көтерилип, сораўларға тийисли жуўаплар алынды. Мәжилис жуўмағында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети