Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди
1009
Мәжилисти комитет баслығы И.Сдиков ашып берди ҳәм комитет қурамындағы депутатларды халқымыз исеним билдирип сайлап, депутат деген үлкен бир жуўапкершиликли статусқа ийе болғаны менен қутлықлады. Сондай-ақ, бүгинги күнде елимиз абаданлығын арттырыў жолында комитет алдында бир қатар жуўапкершиликли ўазыйпалар турғанлығы, бул ўазыйпаларды орынлаўда барлық басшы ҳәм депутатлардан өз жумысына жуўапкершилик пенен қараўы керек екенлиги атап өтилди. Мәжилисте дәслеп, комитет баслығының орынбасарын ҳәм хаткерин сайлаў мәселеси қарап шығылды. Депутатлар тәрепинен Комитет баслығының орынбасары етип 60-санлы “Тазғара” сайлаў округинен депутат Бердиханов Жалғасбай Пиримбетович, комитет хаткери сыпатында 23-санлы “Қырққыз” сайлаў округинен депутат Султанов Хамид Тельмановичтиң кандидатурасы мақулланды.
Буннан соң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асыратуғын илажлардың ис режесин ислеп шығыў ҳаққындағы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-октябрьдеги «Жол хожалығы тараўын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-330-санлы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы баслығының есабаты ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды. Мәжилис даўамында қарап шығылған мәселелерди Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.