Нөкис қаласында «Шылпық» бренди менен тазаланған ишимлик суўы ислеп шығарылмақта
1647
Бүгин Нөкис қаласындағы «Теле орай» мәкан пуқаралар жыйынында тазаланған ишимлик суў ислеп шығарыў жойбарын иске түсирген «Long Water» кәрханасының ашылыў мәресими өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа кәрхана иске түсирилиўи мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар елимизде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыўға беккем тийкар болып хызмет етпекте. Қытайлы инвесторлар тәрепинен улыўма 1 млн. 200 мың долларлық туўрыдан-туўры инвестиция киргизиў есабынан жаңадан иске түсирилген кәрханада «Шылпық» бренди менен тазаланған ишимлик суўы ислеп шығарылмақта. Кәрхана жылына 5,7 мың тонна тазаланған ишимлик суўын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Үскенелер Қытай мәмлекетинен алып келип орнатылған болып, 29 турақлы жумыс орны жаратылды. Әлбетте, бундай жаңа жойбарлардың иске түсирилиўи жаңа жумыс орынларының жаратылыўына ҳәм елимиз экономикасын беккемлеўге хызмет етеди.