Стамбул университетинде Әжинияз Қосыбай улыныӊ 200 жыллығына бағышланған әмелий конференция болып өтти
1335
Бүгин Туркиядағы Стамбул университетинде уллы шайыр Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығына бағышланған «Руўхый әлем жыршысы» атамасындағы әмелий конференция болып өтти. Конференцияда «Түрксой» халықаралық түркий мәденият шөлкеми бөлим баслығы Санжар Мўлазимўғлу, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Расул Зарикеев сөзге шығып, өткерилип атырған илаждыӊ әҳмийетине кеӊ түрде тоқтап өтти.
Буннан соӊ, Стамбул университети илимпазлары ҳәм Қарақалпақстаннан барған алымлар сөзге шығып, уллы шайырдыӊ әдебий мийрасы, оныӊ түркий халықлар әдебияты ҳәм мәдениятында тутқан орны ҳаққында кеӊ түрде баянатлар жасады. Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң “Қарақалпақ халқыныӊ атақлы шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығын кеӊ түрде белгилеў ҳаққында” ғы қарары ҳәм оныӊ ЮНЕСКОныӊ халықаралық юбилейлер режесине киргизилгенлиги кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышламақта. Ҳақыйқатында да, халқымыз тарийхында ҳәм әдебиятында ѳшпес из қалдырған Әжинияз Қосыбай улы келешек ǝўладлар, әдебият ықласбентлери ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен уллы сѳз зергери, данышпан шайырларымыздан саналады.
Шайыр мийрасын кеӊ жәмийетшиликке, дүнья халықларына жақыннан танытыў бағдарында усы жылдыӊ өзинде көплеген илажлар әмелге асырылды. “Әжинияз” операсы қайта сахналастырылды, “Әжинияз” көркем-публицистикалық фильми сүўретке алынды, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шайырдыӊ музейи шөлкемлестирилди, пайтахтымызда “Сөйле ҳә бүлбил зибаным” атлы халықаралық конференция өткерилип, Ташкент қаласында шайырдыӊ юбилейи кеӊ түрде белгиленди. Конференцияда туркиялы жасларға түркий халықлардыӊ да уллы шайыры саналған Әжинияз Қосыбай улыныӊ дөретиўшилиги кеӊнен таныстырылды.