Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры ҳәм оқыў ислери бойынша проректоры тайынланды
1541
Бүгин, 5-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти. Жыйналысты Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов басқарып барды. Илажда соңғы жылларда елимизде жоқары билимлендириўди сапалық жақтан жаңа басқышқа көтериў, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе болған, креатив пикирлейтуғын, мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллерин терең меңгерген кадрларды таярлаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, олардың нәтийжелери, алдағы ўазыйпалар ҳаққында сөз болды.
Жыйналыста шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли буйрығы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры лаўазымына Кувондик Айитбаевич Кадиров тайынланғанлығы атап өтилди. Кувондик Кадиров усы күнге шекем институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры, сондай-ақ, институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы лаўазымларында жумыс ислеген.
Жыйналыста Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң буйрығы менен институттың оқыў ислери бойынша проректоры лаўазымына тайынланған Мухтар Мамутович Ибрагимов жәмәәтке таныстырылды. Мухтар Ибрагимов мийнет жолы даўамында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқыў ислери бойынша проректор лаўазымында, сондай-ақ, 2019-2024-жылларда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты – Илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм жаслар мәселелери комитетиниң ағзасы сыпатында жумыс алып барған. Жыйналыста бирқатар профессор-оқытыўшылар сөзге шығып, институт ректоры ҳәм оқыў ислери бойынша проректорына алдағы жумысларында табыслар тиледи. Илажда халықаралық стандартларға сәйкес кадрлар таярлаў, халықаралық бирге ислесиўдиң нәтийжелилиги ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў, сондай-ақ, бакалавр тәлим бағдарларын тийисли тәртипте халықаралық аккредитациядан өткериў бойынша алдағы исленетуғын жумыслар белгилеп алынды. Жыйналысқа Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Мурат Атамуратов қатнасты.