Қарақалпақстанға, оның барлық қала ҳәм районларына басқа аймақлардан кириў ҳәм шығыў тоқтатылды
1719
2020-жыл 27-март сәнесинен баслап Қарақалпақстан Республикасына, сондай-ақ, оның барлық қала ҳәм районларына басқа аймақлардан ҳәр қандай транспорт қуралларында (автобус, микроавтобус ҳәм жеңил автотранспорт) кириў ҳәм шығыў тоқтатылды.
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясын жуқтырған адамлар анықланбаған. Бирақ, басқа мәмлекетлерден елимизге кирип келген 550 ден артық пуқара карантинде сақланбақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен жергиликли халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, пуқаралардың өмири ҳәм саламатлығын қорғаў ҳәмде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде аймаққа ҳәр қандай транспорт қуралларында кириў ҳәм шығыў тоқтатылмақта.
Бул аймақларға кириў ҳәм шығыўдағы шеклеўлер жүк тасыў менен байланыслы жағдайларға, сондай-ақ, қала ҳәм районларда турақлы жасаўшы пуқараларға, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм Министрлер Кеңесиниң тапсырмасы бойынша қала ҳәм районларға бириктирилген жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, ҳуқық-қорғаў мәкемелери, басқарма, мәкеме ҳәм шөлкемлерде (мәмлекетлик емес шөлкемлерде) мийнет (хызмет) жумысын алып барып атырған басшы ҳәм хызметкерлер, шыпакер ҳәм мийирбийкелер, мәмлекетлик санитария ҳәм эпидемиологиялық тынышлық орайы хызметкерлери ҳәмде жуўапкер хызметкерлерге енгизилмейди.