«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары өткерилди
2399
Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип атыр. Бүгин Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып салтанатлы байрам тамашалары болып өтти. Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады. Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде бүгинги күнде елимизде аўыл хожалығын модернизациялаў, тараўда жаңа техника ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша тоқталды. Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Бүгинги байрам салтанатында елимизде аграр саласында жемисли жумыс алып барып атырған бир қатар мийнет алдынғылары хошаметленди. Ең алдыңғы фермер хожалығы номинациясына «Юлдаш катли» ф/х баслығы Ибрагимов Баҳадир ылайық деп табылды ҳәм Президентимиз саўғасы Трактор тапсырылды. Сондай-ақ, ең жақсы бағман номинациясы бойынша «Майлибаев Дўйсенбай» ЖШЖ баслығы Майлибаев Дўйсенбай Киши трактор, Ең жақсы шарўа фермер номинациясы бойынша: «Ербол шарўа» ф/х баслығы Утебаев Бахрам үлкен мотороллер менен сыйлықланды. Буннан тысқары, Ең жақсы таўық бағыўшы, Ең жақсы балықшы номинациясы жеңимпазлары гранулятор, Ең жақсы пал ҳәрре бағыўшылар, Ең жақсы пиллекеш, Ең жақсы механизатор, Ең жақсы комбайыншыларға холодилник, Ең жақсы қаракөлшилик хожалығы, Ең жақсы ирригатор, Ең жақсы мелиоратор, Ең жақсы ветеринар, Ең жақсы өсимликлерди қорғаўшы лаборантлар ҳәр бири скутер, Ең жақсы қыйтақ жер ийелерине ҳәр бирине Мото культиватор, Ең жақсы аўыл хожалығы инноваторына ноутбук тапсырылды. Буннан соң байрам тамашалары халық ойынлары ҳәм миллий спорт ойынлары менен даўам етти. Дәслеп, арқан тартысыў беллесиўлери басланды. Онда Шымбай районы биринши, Қоңырат районы екинши, тахтакөпир районының командасы үшинши орынларды ийеледи.
Қошқарлар урысы ойынлары да тамашагөйлерде үлкен қызығыўшылық оятты. Онда Нөкис қаласы, Беруний, Қанлыкөл, Қоңырат, Әмиўдәрья районларынан келген қошқарпазлардың қошқарлары жеңиске еристи. Ҳәр бир жеңип шыққан қошқарлардың ийелерине баҳалы саўғалар тапсырылды. Яғный: биринши орынды ийелеген қошқарларға гибрит мотороллер, кейинги орынға электромотороллер, буннан басқа қошқар ийелерине скутер ҳәм телевизорлар ҳәм басқа да баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын ортада Нөкис районынан Захириддийин Зайтов ҳәм Ишки ислер уйымы хызметкери Сарсенбаев Ерназар беллести. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Сарсенбаев Ерназар жеңиске еристи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев палўанға бас байрақ – Президентимиздиң саўғасы 50 млн. сум сыйлықты тапсырды.
2-орын ийеси З.Зайтов – холодилник, 3-орын Қоңырат районынан Э.Айтбаев, 4-орын Шоманайдан М.Абдихаликовлар баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Кейинги салмақ категориялары бойынша: 81 кг салмақта Т.Очилов 30 млн. сум, 73 кг салмақта З.Исматов 20 млн. сум ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды. Буннан соң бир, үш, бес, бес айлаў (жорға), жети, он айлаўға атлар жиберилди. Онда республикамыздың барлық районларынан келген шебер шабандозлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қойылған баҳалы саўғалар ушын бәйгиге түсти. Он айлаўға ат шабысы бәршениң дыққат итибарында болып, бәйгиге биринши болып келген Кегейлиден Абдиразахов Махсуттың аты бас байрақты қолға киргизди. Оған Президентимиздиң саўғасы «Оникс» автомашинасы тапсырылды. Кейинги орынларды ийелегенлер: 2-орынды алған Шоманайдың шабандозына 50 млн. сум, 3-орынды алған қанлыкөлли шабандозға 30 млн. сум пуллай сыйлық ҳәм қымбат баҳалы саўғалар берилди.
7 айлаў бойынша: 1-орынға 30 млн. сум, 2-орынға 20 млн. сум, 3-орынға 15 млн. сум, 5 айлаў бойынша: 1-орынға 20 млн. сум, 2-орынға 15 млн. сум, 3-орынға 10 млн. сум, 5 айлаў жорға жөнелиси бойынша: 1-орынға 20 млн. сум, 15 млн. сум, 3-орынға 10 млн. сум, 3 айлаў бойынша: 1-орынға 10 млн. сум, 2-орынға 5 млн. сум, 3-орынға пылесос, 1 айлаў бойынша: 1-орынға холодилник, 2-орынға телевизор, 3-орынға пылесос тапсырылды. Сондай-ақ, «Қыз қуўыў» жуплықлары, «Теңге алыў» бойынша ҳәр бир жеңимпазлар, «Көкпар» жарысларының жеңимпазларының ҳәр бири баҳалы саўғалар менен хошаметленди. Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды. Көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына айрықша заўық бағышлады. Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып өткерилген байрам тамашалары халық сейили менен даўам етти.