Билимлендириў мәкемелериниң жумыслары талқыланды
1257
Билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылған жумысларды үйрениў нәтийжелерин талқылаў мәселелерине арналған кеңейтилген мәжилис болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Комитет баслығы М.Атамуратов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Утемуратов, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г.Кожабаева, тараў ўәкиллери, барлық билимлендириў мәкемелери басшылары қатнасты.
Мәжилисте тийкарынан, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери жумыслары, балаларды бақшаларға қамтыў көрсеткишлери, билимлендириў орынларында санитариялық талаплардың орынланыўы, оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў, оқыўшылар ҳәм оқытыўшылардың билим дәрежесин арттырыў, жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери ҳәм басқа да мәселелер сын көз қараста қарап шығылды. Бүгинги күнде елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып, жаңа имканиятлар жаратып берилмекте. Мәжилисте усыншама шараят жаратылыўына қарамастан, өз жумысына немқурайдылық пенен қарап атырған айырым билим бериў мәкемелери басшылары бар екенлиги ҳәм олардың жумыслары сынға алынды. Мажилис даўамында 2025-жыл даўамында әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар белгиленди.