Жаңа суд имаратлары пайдаланыўға тапсырылды
1056
Нөкис қаласында Нѳкис әскерий Суды имараты ҳәм Тақыятас районында Тақыятас Суд имаратының ашылыў мәресими өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Олий Суды баслығы Б.Исламов ҳәм де Ѳзбекстан Республикасы Әскерий судының баслығы С.Эшанкулов қатнасты. Атап өтилгениндей, тараўдағы реформалардың әмелге асырылыўын тәмийинлеўде, әсиресе, халқымыздың ҳақыйқатлыққа ҳәм әдилликке болған исенимин және де беккемлеўде Судлардың тутқан орны айрықша саналады. Сонлықтанда судлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, суд хызметкерлери ушын мүнәсип жумыс шараятларын жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар алып барылмақта.
Нѳкис әскерий судының имараты 7 млрд. сўмлық қаржы есабынан жаңадан қурып питкерилип, әскерий суд хызметкерлери ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды. Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша Тақыятас районы судының жаңа имараты инвестиция бағдарламасы тийкарында 7 млрд. сўм қаржы есабынан 2 этажлы етип, заманагѳй кѳринисте қурып питкерилди. Әлбетте, бул жаңа имаратлар елимизде нызам үстемлигин тәмийинлеў жолында хызмет етеди.