Қоңырат темир жол вокзалының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды
1507
Бүгин Қоңырат темир жол вокзалының реконструкциядан шыққан жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыўына арналған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, кирип киятырған Жаңа жыл байрамы, сондай-ақ, байрам қарсаңында жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиз экономикасының барлық тараўларында ҳәм халқымыздың турмысында тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Барлық тараўлар қатарында Транспорт тараўында алып барылып атырған реформалар халқымыздың узағын жақын, аўырын жеңил етип атыр. Бүгинги пайдаланыўға тапсырылып атырған Қоңырат темир жол вокзалының жаңа имаратында Президентимиздиң арнаўлы тапсырмасы менен 17,5 млрд. сўмлық реконструкция жумыслары алып барылды ҳәм барлық қолайлы шараятлар жаратылды.
Соны да айрықша айтып ѳтиўимиз керек, бул объектте ѳткен 70 жыл ишинде бундай кең кѳлемли курылыс-реконструкция жумыслары әмелге асырылмаған еди. Албетте, бул темир жол вокзалы узақ жыллар даўамында халқымызға ҳәмде елимизге келген мийманларымызға сапалы хызмет етеди.