Тақыятастағы «Балалар үйи» тәрбияланыўшыларына Президентимиз саўғалары тапсырылды
1461
Ҳәр жылы Жаңа жыл байрамы қарсаңында ертеңги келешегимиз ийеси болған балаларға байрам кейпияты инәм етилип, «Президент саўғалары»н тапсырыў дәстүрге айланған. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас «Балалар үйи»нде тәрбияланып атырған балаларға Президент саўғаларын тапсырыў ҳәм жаңа жыл байрамы менен қутлықлаў ушын барды.
Шырайлы етип безелген Шырша әтирапында шөлкемлестирилген байрам кешесинде кишкентайлар тәрепинен таярланған ойынлар мийманлар нәзерине усынылды. Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығында екенлиги атап өтилип, байрам қарсаңында оларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылды. Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас «Балалар үйи»ндеги шараятларды көзден өткерип, онда тәрбияланып атырған балалардың бүгинги жағдайлары менен танысты.