Жоқарғы Кеңес депутатлары Өзбекстан «Меҳр-шафқат ва саломатлик» жәмийетлик фондына қаржы өткерди
1983
Мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ҳәм оны қысқа ўақыт ишинде сапластырыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Усы ийгиликли жумысларға үлес қосыў мақсетинде түрли тараў ўәкиллери қатарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары да бир айлық депутатлық ис ҳақысын Өзбекстан «Меҳр-шафқат ва саломатлик» жәмийетлик фондына бийғәрез жәрдем ретинде өткерип берди.
Фонд қаржылары дәри-дармақ, дезинфекция, жеке гигиена қураллары, медициналық үскенелер ҳәм коронавирусқа қарсы гүресиўдеги басқа илажларды қаржыландырыў, медициналық хызметкерлерди хошаметлеўге бағдарландырылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети