Жаңа туўылған балалар ушын депозитлер ашыў басламасы алға қойылмақта
1119
Бас нызамымызда Өзбекстан социаллық мәмлекет екенлиги қатаң белгилеп қойылды. Бул принциптиң әмелдеги орынланыўы шеңберинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, социаллық қорғаў мәселелерин әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгилеп алған Өзбекстан Халық демократиялық партиясы шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелери де бул бағдарда бир қатар басламаларды алға қоймақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясы барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбар ислеп шығып, фракция мәжилисинде додалады. Социаллық мәмлекет статусын беккемлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер шеңберинде жаңа туўылған баланы тәрбиялаўда ата-аналарды қоллап-қуўатлаў илажларын күшейтиў мақсетке муўапық. Буның ушын қосымша имканиятлар жаратыў ҳәм оларды балаларға узақ мүддетли инвестиция киргизиўге жәнеде белсене тартыўды хошаметлеўши илажларды излеп табыў зәрүр. Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев тәрепинен ислеп шығылған "Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбар" үлкен әҳмийетке ийе. Егерде, бул жойбар мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланса ҳәм дәслепки қаржы ажыратыў илажлары көрилсе бунда бала ер жеткенде шахс сыпатында қәлиплесиўи, қәбилетин раўажландырыў ушын еркин финанслық ресурсларға ийе болыўын тәмийинлеўге мүмкиншилик жаратылады. Барлық жаңа туўылған балалар ушын «балалар депозитин» ашыў, бул депозитти ата-аналар, әменгерлер ямаса басқа да қәўендерлер тәрепинен нызам тийкарында басқышпа-басқыш толтырыў имканиятын тәмийинлеў ҳәм 18 жасқа толғанда, топланған қаржыларды процентлери менен алыў ҳуқықын береди. Сондай-ақ, халықтың узақ мүддетли инвестициялық пикирин басқышпа-басқыш қәлиплестиреди. Бул болса мәмлекеттен жәрдем қаржыларын талап етиў ҳәм социаллық жәрдемге байланыслылық сезимин азайтады. Өз гезегинде, халықтың фондларын және де инвестициялаў ҳәм капиталды өсиў есабынан оны көбейтиўге бейимликти арттырады. Әҳмийетлиси, басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғын өзгерислер "өли пул" көринисиндеги қорлардың көлемин қысқартыўға хызмет етеди. Жойбарға бола, "балалар депозитиниң" ийеси келешекте ер жеткен мийнетке жарамлы балалардың ата-аналарына ғамхорлық етиў ушын конституциялық миннетлемелерин орынлаў имканияты жаратылады. Нәтийжеде мәмлекеттиң "социаллық мәмлекет" сыпатындағы имиджи артады. Буннан тысқары, узақ мүддетте мәмлекеттиң қосымша бюджет қәрежетлери көринисиндеги мәмлекеттиң социаллық жүги кемейеди. "Балалар депозитиниң" ийеси 18 жасқа толғаннан кейин билим алыўды даўам еттириў, турақ жай ҳәм турмыслық мәселелерди шешиў, топланған қаржыларды кейин ала инвестициялаў ямаса олардан басқа да жеке нызамлы мақсетлер ушын пайдаланыў сыяқлы зәрүрликлери ушын бос финанслық ресурсларға ийе болады. Мәжилисте қатнасыўшылар жойбар бойынша өз пикир-усынысларын билдирип, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы бағдарламасына сәйкес екени, партия электораты мәплерине хызмет ететуғынын атап өтти. Мәселени сессия додалаўына алып шығыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.