«Жаңа Өзбекстан армиясы - мәмлекеттиң таянышы, халқымыз мақтанышы» сүрени астында байрам иләжы болып өтти
732
Бүгин Беруний районында елимизде кеңнен белгиленип атырған және бир үлкен ҳәм мақтанышлы байрам Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь "Ўатан қорғаўшылары күни" мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады. Илажда ўатанымыздың шегараларын қорғап атырған мәрт ҳәм батыр улларымыз ҳүрметленип «Сизлердиң жерде ҳәм аспанда, суўда ҳәм қурғақлықта алып барып атырған мәртлик хызметлериңиз себепли аспанымыз таза, перзентлеримиз, әзиз аналарымыз, кекселеримиз тыныш жасамақта, елимиз абат, халқымыздың турмысы абадан болмақта,» деп атап өтилди.
Байрам илажы даўамында өз ўазыйпасын пидайы орынлап киятырған тараў ўәкиллери мүнәсип сыйлықланды. Бүгинги байрам мүнәсибети менен район ҳәкими И.Т.Хидировқа «Манавият фидоийси» көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды. Илаж ўатансүйиўшилик руўхындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.