Айырым исбилермен ҳәм юридикалық шахслар мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи
794
Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди. "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамға киргизилген қосымшаға муўапық, ҳәкимшилик-аймақлық бирликлердиң дүзилгени ямаса сапластырылғаны, олардың шегаралары ямаса бойсыныўы өзгертилгени нәтийжесинде исбилерменлик субъектлери ҳәм басқа да юридикалық шахслардың жайласыў орны (почта мәнзили) өзгергенде олар қайта мәмлекетлик дизимнен өткергени ушын мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи. Сондай-ақ, қамсызландырыўшылар мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамаларынан келип шығатуғын даўагерлик бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте. Бунда қамсызландырыўшылар (қамсызландырылған шахслар, пайдаланыўшылар, жәбирлениўшилер) мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамаларынан келип шығатуғын даўагерлик бойынша Пуқаралық ислери бойынша судларда ҳәм Экономикалық судларда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи. Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.