Студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды
1017
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетик университетиниң жаңа 400 орынлы студентлер турақ жайының имараты пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен ашылыў салтанаты өткерилди. Онда Қарақапақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, жаңа объект пайдаланыўға тапсырыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Илажда Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары С.Бузрукхонов қатнасты. Атап өтиў орынлы, соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларыныӊ саны 12 ге жеткерилген болса, жоқары оқыў орынларына кириўши жасларымыз ушын усы оқыў жылында және қосымша 10 мың квота ажыратылды. Бугин пайдаланыўға тапсырылып атырған, дерлик 23 млрд. сумлық қаржы есабынан жаңадан қурып питкерилген студентлер турақ жайы да мине, усы бағдардағы ийгиликли жумыслардан саналады. Албетте, бундай илажлар және де даўам еттириледи. Ашылыў салтанаты даўамында мийманлар студентлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.