Әмелге асырылған жумыслар талқыланып, ўазыйпалар белгилеп алынды
944
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов басшылығында туризм, мәдений мийрас ҳәм мәденият тараўларында 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм усы жылда ислениўи тийис әҳмийетли ўазыйпаларға арналған кеңейтилген мәжилис өткерилди. Онда тараў басшылары ҳәм хызметкерлери, мәмлекетлик театр-концерт шөлкемлери, қала ҳәм районлық мәденият бөлимлери, билимлендириў мәкемелериниң басшылары қатнасты.
Мәжилисте 2024-жыл даўамында тараўларда әмелге асырылған жумыслар, өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, жетискенликлер менен бирге, тараўдағы системалы машқалалар, жол қойылған кемшиликлер, алдағы әҳмийетли мәселелер ҳәм әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди. Сын көз қараста өткерилген мәжилисте бир қатар машқала ҳәм кемшиликлер кең түрде атап өтилди. Бул бағдарда халыққа төлемли хызмет көрсетиў дәрежесин еле де раўажландырыў, қала ҳәм районлық мәденият бөлимлери тәрепинен мәдений дем алыў бағларында шәртнама тийкарында мәдений илажлар өткериў мәсеелериниң талап дәрежесинде емеслиги, айырым басшы ҳәм хызметкерлердиң өз ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қарап атырғанлығы қатаң сынға алынды. Мәжилисите бир қатар мәселелер додаланып, алдағы әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.