Депутатлардың жумысын күшейтиў мәселелерине бағышланған семинарлар өткерилмекте
1061
Бүгинги күнде халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң депутатлары, секретариат баслықлары, хызметкерлери ҳәм районлық, қалалық Кеңеслери партия басшылары ушын оқыў-семинарлар шөлкемлестирилмекте. Усындай семинарлар Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай ҳәм Нөкис районларында өткерилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Отемисов басшылық етти. Онда халық депутатлары районлық, қалалық кеңеслери депутатларының әдеп-икрамлылық қағыйдалары, Кеңес депутатлары, секретариатлары ҳәм сиясий партиялардың жумыс режелерин ислеп шығыў тәртиби ҳаққында сөз болды. Сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарламалар, инвестициялық бағдарламаларды қадағалаў, "Парламентлик қадағалаў"ды әмелге асырыўда депутаттың ролин арттырыў, "Депутатлық сораў ҳәм депутат мүрәжатларын" жибериў, "Мәҳәлле жетилиги" менен ислесиў мәселелери де кең түрде додаланды.
Семинар даўамында баянатшылар тәрепинен депутатлық жумысының нызамлы тийкарлары және сайлаўшылардың мүрәжатлары менен ислесиўде депутатлардың орны ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, олардың сайланған округ аймағындағы машқалаларына шешим табыў бағдарындағы белсендилигин арттырыў бойынша сөз етилди. Семинарлар барлық қала ҳәм районларда даўам еттириледи.