Республика Исши топары өз жумысын баслады
803
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша республикалық исши топар дүзилди. Бүгин исши топар тәрепинен орынларда көшпели қабыллаўларды шөлкемлестириў, барлық буўындағы басшылардың пуқаралар машқалаларын шешиўдеги жуўапкершилигин еледе арттырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, сектор ҳәм тараў, барлық жергиликли мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты.
Өткерилген мажилисте орынларда көшпели қабыллаўларды шөлкемлестириў арқалы халықтың машқалаларына шешим табыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў, көп қабатлы үйлер, социаллық тараў ҳәм басқа да объектлердиң жағдайын жақсылаў жумысларын нәтийжели алып барыў, «Абат шаңарақ – Абат көше – Абат мәҳәлле» өлшеми тийкарында мәҳәллелерди абат етиў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер сөз етилди. Мәжилис даўамында жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилип, әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.