Тақыятас районын раўажландырыў ҳәм кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бағдарында ўазыйпалар белгиленди
1026
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районын раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди. Мажилисте кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, халықтың дәраматларын арттырыў, бизнес жойбарларды иске түсириў арқалы исбилерменликти раўажландырыў мәселелери сөз етилди.
Районда кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылып, мәҳәллелерде пуқаралардың дәраматын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылатуғынлығы, аўыр шараяттағы «Айдын жол» ҳәм «Дослық» мәҳәллелерин абат етиў ушын ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ҳәр бирине 3 млрд. сумнан қаржы ажыратылғаны Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, аўызбиршилик пенен жумыслар алып барылса, гөзленген шеклерге ерисилетуғынлығы тилге алынып, «Абат шаңарақ - абат көше – абат мәҳәлле» өлшеми тийкарында аўыр шараяттағы мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгиленди.
Соның менен бир қатарда, бул жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў бойынша жуўапкер басшылар бириктирилип, тийисли тапсырмалар берилди. Усы бүгинниң өзинде райондағы «Орайлық» мәҳәллесинде топырақ жолларға қум-щебен араласпасын төсеў жумыслары баслап жиберилди.