Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков пенен ушырасты
1636
Бүгин, 22-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков арасында ушырасыў болып өтти. Онда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнер тараўын реформалаў, оны буннан былай да раўажландырыў мәселесине оғада үлкен итибар қаратып атырғаны, 2024-жылдың жуўмағында тараўға байланыслы бир қатар әҳмийетли қарарларға қол қойылғаны айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 20-21-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында белгилеп берилген тапсырмаларға муўапық, 2025-жылдың апрель-май айларында Нөкис қаласындағы "Ақ қуў" комплекси ҳәм Тахтакөпир районында "Көшпели халықлар" халықаралық фестивалын өткериў ҳәм 2026-жылы "Айқулаш" Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң 70 жыллық юбилейин өткериў сыяқлы мәселелер талқыланды. Ушырасыў даўамында Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевқа "Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы" көкирек белгисин тапсырды.