Республика исши топары тәрепинен Қанлыкөл районында көшпели қабыллаў өткерилди
850
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша дүзилген республикалық исши топар тәрепинен Қанлыкөл районында Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай ҳәм Хожели районларынан келген пуқаралар ушын мүрәжатлар ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм үй жай коммунал хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги ҳәм басқа да мәкемелердиң басшылары қатнасты.
Өткерилген қабыллаўда суд-ҳуқық системасына байланыслы мүрәжатлар, медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, бәнтлик, мәҳәллелердеги инфраструктура, банк кредитлери ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди.Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатларға орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли илажлар көриў белгиленди.
Әлбетте, пуқаралар машқалаларын шешиў жолындағы бундай қабыллаўлар елимизде инсан қәдири ушын принципи тийкарында алып барылып атырған әмелий жумыслардың және бир көриниси саналады.