Республика исши топары тәрепинен Шымбай районында көшпели қабыллаў өткерилди
818
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша дүзилген республикалық исши топар тәрепинен Шымбай районында Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли ҳәм Бозатаў районларынан келген пуқаралар ушын мүрәжатлар ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм үй жай коммунал хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги ҳәм басқа да мәкемелердиң басшылары қатнасты.
Өткерилген қабыллаўда суд-ҳуқық системасына байланыслы мүрәжатлар, медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, бәнтлик, мәҳәллелердеги инфраструктура, банк кредитлери ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди. Билдирилген мүрәжатларға орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғынлары қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли илажлар көриў белгиленди.