Тақыятас районын абаданластырыў бойынша кең көлемли жумыслар баслап жиберилди
926
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районын раўажландырыў ҳәм кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша мәжилис өткерген еди. Мажилисте кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, соның менен бирге мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатара ўазыйпалар белгилеп алынды.
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў, кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бағдарындағы әмелий жумыслар баслап жиберилди. Айтып өтиў орынлы, усы жылдың өзинде райондағы жазда қум-шаңғыты, жаўын-шашынлы күнлерде ылайы менен халықты қыйнап келген жәми 31 км топырақ жоллар қум-щебень араласпалы жолларға айландырылыўы режелестирилген. Бул жумысларды әмелге асырыўда арнаўлы техникалар, районлық мәкеме-шөлкемлер менен бирге Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери де мобилизация етилген.
Буннан тысқары, Министрлер Кабинетиниң 52-санлы қарары тийкарында 79 жайдың төбеси шиферланыўы, авариялық 26 турақ-жай жаңадан қурылыўы белгиленген. Халықаралық қаржылар тийкарында 5 мектепке шекемги, 2 мектеп, 2 мәҳәлле имараты жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылады. Жоқарғы Кеңес Баслығы тараў басшылары ҳәм жуўапкерлер менен ушырасыўда Тақыятас районында басланған үлкен ҳәрекет шеңберинде мәҳәллелер ҳәм аўыллардың ишки хожалық жолларын оңлаў ушын арнаўлы қум-тас араласпасы алып келинип атырғаны ҳәм бул бойынша жумыслар имканият дәрежесинде кең қамтыўлы даўам еттирилип, районда оңланбаған топырақ жоллар қум-щебень араласпалы жолларға айландырылатуғынлығын атап өтти.