Ҳаял қызлар форумы өткерилди
1112
Бүгин Нөкис қаласында жайласқан "Аққуў" комплексинде «Арзыўдан табысқа шекем…» сүрени астында Ҳаял қызлар форумының салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы З.Махкамова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары-Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады. Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланды. Бул бағдарда олар ушын жаңа имканиятлар жаратылып, барлық тараў ҳәм тармақларда, жәмийетимизде ҳаял-қызлардың орны артып бармақта.
Бүгинги өткерилген форум да бул бағдардағы жумыслардың даўамы болып, исбилермен ҳаял-қызлар арасында өз-ара пикирлесиў орталығын жаратыў ҳәм тәжирийбе алмасыў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм оларды исбилерменликке кеңнен тартыў, дәраматларын арттырыўға жәрдемлесиў ҳәм финанслық саўатлылығын арттырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли есапланады. Әлбетте, өткерилген форум ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти еледе кеңнен ен жайдырыў ҳәм олардың дәраматын асырыў бойынша жақыннан пикирлесиў ушын қолайлы орталық жарата алды.