«Жаслық» посёлкасында жаңа көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылды
931
Халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында бүгинги күнде оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Республикамызды социаллық, экономикалық жақтан раўажландырыў, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, жаңа турақ жайларды қурыў ҳәм басқа да әмелий жумысларға Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Бүгин Қоңырат районындағы «Жаслық» посёлка пуқаралар жыйыны аймағында жаңа көп қабатлы турақ-жайлар пайдаланыўға тапсырылды. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев турғынларды жаңа үйлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады. Атап өтилгениндей, тиккелей Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасында авария жағдайындағы ҳәм пүткиллей ескирген көп квартиралы үйлерди реновация етиў арқалы халықтың жасаў шараятларын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы 557-санлы қарары қабыл етилген еди. Усы тийкарда «Жаслық» посёлкасында жайласкан авариялық жағдайдағы көп квартиралы үйлерди реновация етиў бағдарында Өзбекстан Республикасы республика бюджетиниң қосымша дереклериниң 35 миллиард сумлық қаржылары есабынан жаңа бес қабатлы 180 квартиралы барлық қолайлықларға ийе үйлер қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Әлбетте, жаңа үйлер аймақ турғынлары ушын узақ жыллар даўамында хызмет етеди ҳәм өз гезегинде бул пуқаралар Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибарынан шексиз миннетдар.