Әмиўдәрья районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша ўазыйпалар бөлистирилди
722
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Әмиўдәрья районын комплекс раўажландырыў бағдарындағы әмелге асырылыўы тийис жумысларға арналған мәжилис өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, республика, қала ҳәм районлардың сектор басшылары ҳәм барлық мәкеме-шөлкем жуўапкерлери қатнасты. Өткерилген мәжилисте районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың кеўил-кейпиятына тәсир етип атырған мәҳәллелердеги инфраструктуралық, социаллық ҳәм басқа да машқалаларға шешим табыў, исбилерменликти еле де раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Быйылғы жылы ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Әмиўдәрья районында социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламалар тийкарында жәми 86 объектке улыўма 537,4 млрд.сум қаржы ажарытылыўы режелестирилгени, усы тийкарда көплеген машқалалар өз шешимин табатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен үлкен қанаатланыўшылық пенен тилге алынды. Мәжилисте ҳәр бир басшы өзинине бириктирилген ўазыйпаға айрықша жуўапкершилик пенен қараўы кереклиги, халық ийгилиги жолындағы бул жумыслар пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет ететуғынлығы айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, көп жыллар даўамында халықты қыйнап келген машқалалы мәселелерди унамлы шешиў, аўыр шараяттағы мәҳәллелерди абат етиў бағдарында әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы жумыслар белгиленип, барлық басшыларға ўазыйпалар бөлистирилди.