Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитетлериниң қоспа мәжилиси өткерилди
1042
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы М.Атамуратов, Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң баслығы Б.Сейтназаров, депутатлар ҳәм тараў жуўапкерлери қатнасты. Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев тәрепинен усыныс етилген "Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбар" талқыланды. Атап өтиў орынлы, бул жойбар менен халықта узақ мүддетли инвестициялық ой-пикир басқышпа-басқыш қәлиплеседи. Өз гезегинде, пуқаралардың фондларын және де инвестициялаў ҳәм капитал өсиў есабынан оны көбейтиўге бейимлик арттырылады.
Буннан соң, онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, сырт ел компанияларыныӊ дәрилерин тийкарсыз буйырыў жағдайларына шек қойыў, тараўда бюджет қаржыларыныӊ мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине Парламентлик сораў жибериў туўралы мәселе қарап шығылды. Депутатлар тәрепинен сораўлар берилип, әҳмийетли мәселелер көтерилди. Мәжилис жуўмағында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.