Аўыл хожалығындағы жаңа имканиятлар кең түрде талқыланды
812
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев Нөкис районындағы дийқан ҳәм фермер хожалығы басшылары менен ушырасты. Ушырасыўда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң “Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарарының мазмун-әҳмийети кең түрде түсиндирилип, қарар менен жаратылған имканиятлар, берилген жеңилликлер атап өтилди.
Атап өтилгениндей, қарар менен атыз шетинен нәтийжели пайдаланған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша ишки фитосанитариялық сертификат бир жыл даўамында бийпул берилиўи, атыз шетлерине екилген «in-vitro» усылында жаратылған мийўели сабылған нәллерди сатып алыў қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында субсидия ажыратылыўы, атыз шетлерин өзлестириў ҳәм өним жетистириў ушын зәрүр болған туқым, нәл, минерал төгинлер, химиялық препаратлар, материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлениўи, суў менен тәмийинлеў ушын насос ҳәм қубырларды орнатыў қәрежетлериниң 50 проценттен көп болмаған бөлегине кредитлер ажыратылыўы сыяқлы жеңилликлер берилмекте.
Илажда сондай-ақ, бар болған жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, өнимдарлықты арттырыўда заманагөй агротехнологияларды енгизиў, егислик майданлары шетлеринде климатымызға сәйкес, жоқары қосылған қунға ийе егин түрлерин егиў, ислеп шығарыўшыларды қаржылық жақтан қоллап-қуўатлаў, мол өним алыўды шөлкемлестириў, оларды суўғарыў системалары менен тәмийинлеў илажларын көриў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди. Өткерилген илаж даўамында тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланып, алдағы ўазыйпалар белгиленди.