НМПИ таяныш докторанты Айболған Борашева Президент мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы болды
814
2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясына таяныш докторантурада оқып атырған докторантлар арасында өткерилген таңлаўда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 13.00.02 – Тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы (инглис тили) қәнигелигиниң 3-курс таяныш докторанты Борашева Айболған Тугелбаевна социал-гуманитар пәнлер бағдары бойынша жеңимпаз болды. Улыўма 5 бағдар бойынша өткерилген таңлаўға 72 талабан ҳүжжет тапсырған болса, арнаўлы комиссия тәрепинен олар арасынан 10 докторант жеңимпаз деп табылды. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, таяныш докторант Айболған Борашева ҳәзирги ўақытта «Elevating Willingness to Communicate via Flipped Classroom of ESP learners» («Арнаўлы мақсетлер ушын инглис тилин үйренетуғын студентлер арасында Flipped Classroom арқалы сәўбетлесиўге таярлығын арттырыў») темасында илимий-изертлеў жумысларын алып барып атырған болып, илимий темасы бойынша бүгинги күнге шекем сырт еллердиң абыройлы илимий журналларында 3 мақала, Жоқары аттестациялық комиссиясы қурамындағы илимий журналларда 8 мақала, халықаралық ҳәм республикалық конференцияларда 19 тезис жәриялаған ҳәм 1 сабақлығы баспадан шыққан. Институт ректораты ҳәм жәмәәти атынан Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы болған таяныш докторантымыз Айболған Тугелбаевнаны ерискен табыслары менен шын жүректен қутлықлай отырып, алдағы илимий-педагогикалық жумысларына табыслар тилеймиз.