Комитеттиң гезектеги мәжилиси өткерилди
852
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң гезектеги мәжилиси өткерилди. Мәжилисти комитет баслығы А.Атажанов ашты ҳәм алып барды.
Күн тәртибинде дәслеп, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокурорының мәлимлемеси туўралы мәселе қарап шығылды. Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 11-апрельдеги «Мәденият, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўы объектлеринде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 155-санлы қарарының орынланыўы ҳаққында ҳуқық қорғаў уйымларының есабатлары тыңланды.
Мәжилисте депутатлар тәрепинен әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм күн тәртиби бойынша тийисли сораўларға жуўаплар алынды. Мәжилис жуўмағында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.