Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районында мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бойынша жумыслар менен танысты
529
Жақында Әмиўдәрья районындағы ишки хожалық жолларын оңлаў ҳәм абаданластырыў бойынша кең көлемли илажлар басланған еди. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев районда әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Чойкөл, Халимбег аўыллары ҳәм «Тошқала» мәҳәллесиниң ишки көшелерине қум щебень араласпасын төсеў жумысларын барып көрди. Сондай-ақ, аймақ турғынлары менен жақыннан пикирлести. Атап өтиў орынлы, көп санлы пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў ҳәм инфраструктураны жақсылаў бойынша билдирилген мүрәжатлар бүгинги күнге келип басқышпа-басқыш өз шешимин таппақта.
Пуқаралар менен сәўбетлесиў барысында да бир қатар әҳмийетли машқалалар айтылып, Жоқарғы Кеңес Баслығы көтерилген мәселер бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмаларды берди. Ҳәр бир орынлы машқала әлбетте, өз шешимин табатуғынлығын, жаўын-шашынлы күнлерде ылай, жазда шаңы менен халықты қыйнап келген топырақ жоллардың барлығы тас жолларға айландырылатуғынлығын айтып өтти. Өз нәўбетинде, пуқаралар да халықтың жасаў шараятын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм айрықша итибар ушын Президентимизге өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.