Арал мәденият саммитин жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында
753
Аралбойы регионында қолайлы тәбийғый орталық жаратыў, аймақтың бийбаҳа мәденияты ҳәм тарийхый мийрасын қәстерлеп сақлаў және кеңнен ғалаба ен жайдырыў, усы бағдарларда илимий-изертлеў жумысларын, инновациялық жойбарлар ҳәм дөретиўшилик басламаларды әмелге асырыў ушын халықаралық бирге ислесиў ҳәм қарым-қатнасты буннан былай да кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен: 2025-жылдан баслап ҳәр он сегиз айда - бәҳәр ямаса гүз мәўсимлеринде Арал мәденият саммити (кейинги орынларда - Саммит) өткерип барыў жолға қойылады. Биринши Арал мәденият саммити Самарқанд климат форумы менен үнлес ҳалда 2025-жыл 4-6-апрель күнлери Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларында өткериледи. Аралбойында ҳәм дүньяның басқа да регионларында жүзеге келген экологиялық машқалаларды додалаў ҳәм ақылға уғрас шешимлерди усыныў ушын глобал платформа жаратылады; Аралбойы машқалаларын шешиўде пәнлераралық қатнас раўажландырылады; Турақлы шешимлер ҳәм стратегиялар жаратыўға қаратылған билимлендириў бағдарламасы тийкарында Арал мектеби шөлкемлестириледи; Заманагөй технологиялар ҳәм дәстүрий архитектура тийкарында «Истиқлол» мәденият ҳәм дем алыў бағы, бағ аймағында жайласқан балалар китапханасы қайта қурылады ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў жолға қойылады; Жетекши жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери және шөлкемлер менен биргеликте Аралбойы регионында суў ҳәм топырақ изертлеўлери алып барылады; Аралбойы аймағының топырақ ҳәм климат шараятына сәйкес болған аўыл хожалығы егинлерин үйрениўге қәнигелескен лабораториялық платформа жаратылады ҳәм ол усы бағдарда әмелге асырылатуғын илимий изертлеўлердиң оқыў-әмелий майданына айландырылады; Аралбойы регионында әсирлер даўамында қәлиплескен бийбаҳа мәденият ҳәм дәстүрлерди сақлаў, қорғаў ҳәм кеңнен ғалаба ен жайдырыў жумыслары жеделлестириледи; Халықаралық көлемде турақлы сөйлесиўлер, әмелиятлар, семинарлар, изертлеў бағдарламалары шөлкемлестириледи.