Олий Мажлис Сенаты Баслығы Төрткүл районындағы мәҳәлле белсендилери менен жақыннан пикирлести
707
Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен бирге Төрткүл районындағы «Беруний» мәҳәллесине барды.
Бул жерде ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў ҳәм «социаллық профильактика» системасының шөлкемлестирилгенлиги, ҳуқықбузарлықлардың ерте алды алыныўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылған мәнзилли илажлар «жол карталары»ның орынланыўы, сондай-ақ, аўыр ҳәм оғада аўыр және шаңарақ-турмыс шеңбериндеги жынаятлардың жүз бериўине себеп болып атырған факторлар ҳәм жуўапкер уйымлар тәрепинен оларды сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар көзден өткерилди. Белсендилер менен жақыннан пикирлесилип, мәҳәллени қызыл категориядан шығарыў, пуқаралардың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарында пикир ҳәм усыныслары тыңланды.