Олий Мажлис Сенатының Баслығы Беруний районына барып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумыслар менен танысты
781
Олий Мажлис Сенатының Баслығы Т.Нарбаева Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен бирге Беруний районындағы «Бирлик» мәҳәллесинде жасаўшы баба дийқан, үлгили қыйтақ жер ийеси Юлдош Наримбетовтың шаңарағында мийманда болды. Әзелден тәжирийбели дийқанлар ели болған Беруний районы мийнеткешлери еле қыс жуўмақланып үлгерместен қыйтақ жерлеринде быйылғы мәўсим ушын таярлықларды баслап жиберген.
Юлдош Наримбетов үй алды қыйтақ жеринен жылына үш мәрте өним алыўды жолға қойған усындай тынып-тыншымайтынлардан. Ол 31 сотих жериндеги ыссыханаларында овощ, палыз егинлериниң нәллерин жетистирип, республикамыздың барлық районларына сондай-ақ, Бухара, Хорезм ўәлаятларына да жеткерип бериўди жолға қойған. Күтилип атырған нәтийжелер де мийнетке жараса - быйыл қыйтақ жерден 500 млн. сум дәрамат алыў режелестирилген. Мәўсимлик 10 жумысшының да бәнтлиги тәмийинленген. Сенат Баслығы дийқан менен жақыннан пикирлесип, оның напақада болыўына қарамастан еле мийнетсүйгишлик пенен қыйтақ жеринде жумысларды нәтийжели шөлкемлестиргени көпшиликке үлги болыўы кереклигин атап өтти.
Буннан соң Сенат Баслығы «Тоқымашы» мәҳәллесиндеги «RAYHON APPAREL» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумыслары менен жақыннан танысты. Улыўма жойбар қуўатлылығы 28,5 млрд. сум болған кәрханада жылына 5 млн. дана 15 түрдеги таяр трикотаж кийим-кеншеклер ислеп шығарылады. Өнимлер тийкарынан экспортқа бағдарланып, ҳәзирги ўақытта 500 жаңа жумыс орынлары жаратылған. Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева кәрхана жумысшылары, сондай-ақ, бул жерде тәжирийбе арттырып атырған қызлар менен жақыннан пикирлести.