Халықларымыз арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик жырланды
1140
Бүгин Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойында Халықлар дослығы байрамы өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимизде еледе кең түрде даўам етип атырған «Наўрыз» әййямы, мүбәрек Рамазан ҳайты ҳәмде бүгинги аўызбиришилик, дослық байрамы менен қызғын қутлықлады.
Атап өтиў орынлы,бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллетлераралық татыўлықты беккемлеўге, халықлар арасында өз-ара аўызбиршиликти тәмийинлеўге, олар арасында кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын жəне де күшейтиўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар алып барылмақта. Бүгин Тәжикстанның Хоженд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Президентлериниң қатнасыўында тарийхта биринши мәрте 3 тәреплеме саммит болып өтпекте. Әлбетте, бул саммит қоңсылас мәмлекетлер менен регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли қәдем болып, Орайлық Азияда қәўипсизлик, турақлылық ҳәм абадан турмыс тәризин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Соны да айрықша айтыў керек, бүгинги күнде елимизде түрли миллет ҳәм елат ўәкиллери аўызбиршиликли түрде жасап, елимиздиң раўажланыўы жолында өзиниң мүнәсип үлесин қосып келмекте. Өткерилип атырған саммит пенен үнлес өткерилген Дослық байрамы мине усындай халықлар дослығын ҳәм аўызбиршиликти буннан былай да беккемлеўге хызмет етпекте ҳәм бундай илажлар еледе даўам еттирилери сөзсиз. Бүгинги байрам салтанатында көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы халықлар дослығын жырлаўшы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети