Корея мәмлекетинде бирге ислесиўлерди раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта
610
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов ҳәзирги ўақытта Корея Республикасында болып турыпты. Бул мәмлекетке сапар даўамында дәслеп Bumhan Unisollutions компаниясы ўәкиллери менен сөйлесиўлер алып барылды. Онда қайта тиклениўши энергиядан нәтийжели пайдаланыў, жаңа технологияларды ен жайдырыў, IT тараўын раўажландырыў ҳәм жумыссыз пуқараларды кәсипке бағдарлаў бойынша пикирлесилди. Сондай-ақ, еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў арқалы жаңа жойбарлар үстинде бирге ислесиў, жақын шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Буннан соң Sungshin ҳаяллар университети ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди. Сөйлесиўлерде Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўлерди, атап айтқанда, Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен корейс тилин үйрениў бойынша жумысларды жолға қойыў мәселелери бойынша сөз барды. Сондай-ақ, студентлер өз-ара тәжирийбе алмасыўы ушын шараят жаратыў мақсетинде Қарақалпақстанда жазғы лагерлер шөлкемлестириў ҳәм Корея мәмлекетинен студентлер ҳәм профессор-оқытыўшыларды тартыў, бул арқалы регион туризми раўажланыўына да үлес қосыў бойынша пикирлесилди. Ушырасыў даўамында оқыў орны менен бирге корейс тилин үйрениўди ен жайдырыў бағдарында арнаўлы китапханаға ийе орай шөлкемлестириў, усы тийкарда тил үйрениў курсларын табыслы тамамлап шыққан студентлердиң Корея мәмлекетиндеги жоқары оқыў орынларында билим ҳәм тажирийбелерин арттырыўы ушын шараят жаратыў бағдарында келисип алынды.