Жеңимпаз спортшымыз салтанатлы күтип алынды
693
Иордания мәмлекетиниң Амман қаласында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионаты өз жуўмағына жетти. Бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында грек-рим гүреси бойынша Жалғасбай Бердимуратов, ҳаял-қызлар гүреси бойынша Ақтеңге Кеунимжаева, Сәрбиназ Жийенбаева, Набира Есенбаева, Шахзада Алланиязова ҳәм басқа да қарақалпақстанлы спортшылар да қатнасты. Солардың арасынан -87 кг салмақта Жалғасбай Бердимуратов барлық қарсыласларын жеңип шығып, екинши мәрте Азия чемпионы атағына миясар болды. Сондай-ақ, бул жарыс 18 жастағы жас палўанымыз Шахзада Алланиязова ушын да табыслы келди. Ол қола медалы ушын беллесиўде қубла кореялы Барк Жеон Гаэни 5:1 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша сайланды командамыз ушын бирден-бир медальды алып берди. 31-март күни Нөкис халықаралық аэропортында жеңимпаз палўанымыз Шахзада Алланиязова Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги жәмәәти, тренер-устазлары, ата-аналары, спорт жанкүйерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.
Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Еркинбай Қутыбаев Шахзада Алланиязова ҳәм оның тренерлерин қолға киргизген табысы менен қутлықлап, оларға естелик саўғаларын тапсырды.
Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Еркинбай Қутыбаев Шахзада Алланиязова ҳәм оның тренерлерин қолға киргизген табысы менен қутлықлап, оларға естелик саўғаларын тапсырды.