Қарақалпақстан делегациясының Корея мәмлекетине сапары даўам етпекте
671
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Корея мәмлекетинде болып турыпты. Усы мәмлекетке сапар даўамында 518 GROUP компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди. Онда Кореяның Улсан провинсиясы менен бирге кәсипке таярлаў ҳәм тил үйретиў орайларын шөлкемлестириў, бул арқалы талап жоқары болған тар қәнигеликлерге бағдарлаў, буннан соң орайды питкерип шығыўшылардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер талқыланды.
Сапар даўамында Кореяның «ECO bio» компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди. Онда турмыслық шығындыларды нәтийжели қайта ислеў, бул арқалы био газ ислеп шығарыўды жолға қойыў, аўыл хожалығын раўажландырыўда бирге ислесиў, егислик жерлерде өнимдарлықты арттырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Ушырасыўда Қарақалпақстанда шығындыларды қайта ислеў арқалы био газ ислеп шығарыўды жолға қойыў бағдарында арнаўлы кәрхана қурыў бойынша меморандумға қол қойыўға келисип алынды. Сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен бирге био сулфаттан аўыл хожалығында кең пайдаланыўды жолға қойыў, арнаўлы лаборатория шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.