Samsung компаниясы ўәкиллери менен сөйлесиўлер алып барылды
720
Қарақалпақстан делегациясының Корея мәмлекетине сапары даўамында Samsung компаниясының бизнести раўажландырыў бойынша атқарыўшы директоры Нам Ҳун Юн менен ушырасыў өткерилди. Онда дәслеп Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалы, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша регионға берилген айрықша жеңилликлер ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди. Ушырасыўда сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында пайдаланыўдан шыққан суўларды қайта ислеў, бунда мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында бирге ислесиўди жолға қойыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўда нәтийжели басқарыўды алып барыў, ишимлик суў ҳәм канализация тармақларын модернизациялаў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Буннан соң еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм Қарақалпақстанның бир аймағында ишимлик суў,ы канализация тармақларын модернизациялаў бойынша келисимге ерисилди.