Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығына арналды
971
Бүгин, 3-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 32 жыл толыўына арналған салтанатлы илаж болып өтти. Салтанатлы илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Бас Нызамымызда белгиленген нормалардың турмысымызда тутқан орны, соңғы жылларда елимизде билимлендириў тараўы, соның ишинде, жаслардың жоқары мағлыўматлы болыўы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарийхов Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиў тарийхы, оған киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар туўралы айтып өтти. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Төребеков елимизде Конституциямыз тийкарында нызам үстемлигин тәмийинлеў, бунда «Инсан қәдири ҳәмме нәрседен жоқары» принципине әмел етиў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бағдарындағы жумыслардың әҳмийетине тоқталды. Атап өтилгениндей, конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхы, бүгинги күни ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши тийкарғы нызам болып есапланады. Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.
Бас Нызамымызда барлық нормалар ең алды менен инсанның ҳуқық ҳәм мәплерин кепилликке ала отырып, инсан-жәмийет-мәмлекет принципи тийкарында ислеп шығылған. Шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 32 жыл толыўы байрамы менен қутлықлап, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, жаслардың ҳуқықый саўатлылығы ҳәм мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.