Қарақалпақстан медицина институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығына арналған илаж болып өтти
1031
Бүгин, 3-апрель күни Қарақалпақстан медицина институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығына арналған салтанатлы илаж шөлкемлестирилди. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы А.Атажанов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлепесов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим баслығы А.Ергунусовлар қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Илаж даўамында Конституцияның мәмлекеттиң раўажланыўы, халықтың абаданлығы ҳәм демократиялық ҳуқықый системаны беккемлеўдеги орны айрықша атап өтилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Атажанов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Конституцияда белгиленген нормалардың жәмийетимиздеги әҳмийети ҳаққында кең түрде атап өтти.
Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлери, сондай-ақ, олар тийкарында ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди. Илаж соңында қатнасыўшылар жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы менен қутлықлап, мәмлекетте нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша пикирлесилди.