Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги менен сөйлесиўлер алып барылды
1007
Корея мәмлекетине хызмет сапарының кейинги күнинде Қарақалпақстан делегациясы Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) ўәкиллери менен де сөйлесиўлер алып барды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов Арал теңизи апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў, Аралбойы регионы халқы саламатлығын беккемлеў, сондай-ақ, Қарақалпақстанда биргеликте жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жоқары билимлендириўде бирге ислесиў бойынша KOICA менен жақын шериклик мүнәсибетлери орнатылғанлығын атап өтти. Онда KOICA менен орнатылған байланысларды еле де беккемлеў, Қарақалпақстанда IT тараўын раўажландырыў, жоқары оқыў орынлары менен бирге тил үйрениў орайларын шөлкемлестириў, алтернатив энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Атап өтиў орынлы, Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў мәселесинде Қарақалпақстанда қоршаған орталықты қорғаў ҳәм IT тараўын раўажландырыў бағдарында грант қаржылары тийкарында 2026-2032-жылларда жаңа жойбарлар әмелге асырылыўы күтилмекте.