Конситутция-еркинлигимиз кепиллиги
973
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы Республикамыз бойлап кең түрде белгиленбекте. Ҳәр бир жоқары оқыў орны, мәкеме ҳәм шөлкемлерде сәне мүнәсибети менен байрам кешелери, ушырасыў ҳәм конференциялар шөлкемлестирилмекте. Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалында да бир қатар тараў ўәкиллери қатнасыўында «Қарақалпақстан Республикасы конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы» атамасында ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Б.Сейтназаров, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Ктайбековлар қатнасты. Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Илажда Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Б.Сейтназаров Бас Нызамымызда белгиленген нормалардың турмысымызда тутқан орны, конституциямызда инсан ҳуқықлары баслы мәқсет етиб белгиленгени, соңғы жылларда елимизде билимлендириў тараўы, соның ишинде, жаслардың жоқары мағлыўматлы болыўы ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берди. Атап өтилгениндей, конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхы, бүгинги күни ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши тийкарғы нызам болып есапланады.