Бас нызамды жақсы билиў ҳәм оған әмел етиў мақсетке муўапық
956
9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти. Салтанатлы илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, прокуратура ҳәм суд уйымларынан жуўапкер басшылар, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажды филиал директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Б.Утемуратов алып барды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы менен қызғын қутлықлап, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде – Конституцияның орны ҳәм әҳмийети жоқары екенлигине айрықша тоқтап өтти. Шығып сөйлеўшилердиң баянатларында атап өтилгениндей, Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы. Мәмлекеттиң келешеги усы ҳүжжетте өз сәўлелениўин тапқан. Бүгинги күнде елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў, әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў жолында ерисип атырған жетискенликлердиң барлығы Конституцияда көрсетилген тийкарғы принциплердиң турмысқа толық енгизилиўи менен байланыслы. Илажда ҳәр бир пуқара, әсиресе, жасларымыз Бас нызамымызда көрсетилген ҳәр бир статьяны жақсы билиўи ҳәм оған әмел етиўи, елимиздиң келешеги ушын бар күшин жумсап ҳәрекет етиўи, раўажланыў жолындағы уллы мақсетлерге муўапық екенлиги айрықша атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.