Қарақалпақстан делегациясының Корея мәмлекетине сапары даўам етпекте
883
Корея мәмлекетинде хызмет сапарында болып турған Қарақалпақстан делегациясы The Academy of Koren Studies ўәкиллери менен ушырасты. Онда магистратура, докторантура бағдарларында илимий изертлеўлер алып барыў бойынша сөйлесилди. Сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде изертлеў жумысларын алып барып атырған илим изертлеўшилериниң тәжирийбесин арттырыў мақсетинде 1 айдан 6 айға шекемги оқыў курсларын шөлкемлестириў, магистрант ҳәм докторантлардың изертлеўлери бойынша Корея мәмлекетинде тәжирийбе алмасыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
уннан тысқары, илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде илим изертлеў жумыслары нәтийжелилигин арттырыў мақсетине арнаўлы археологиялық қазылмаларды изертлейтуғын лабораториялар шөлкемлестириў ҳәм жақын бирге ислесиўди жолға қойыў, Қарақалпақстанлы студентлер ушын Кореядағы оқыў орынлары ҳәм илимлер академиясында арнаўлы грант орынларын ажыратыў бойынша келисип алынды. Буннан соң шығындыларды қайта ислеў менен шуғылланыўшы Bioltec компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди. Онда жергиликли шериклер менен бирге Қарақалпақстанда турмыслық шығындыларды қайта ислеў арқалы био газ алыў бағдарында арнаўлы завод қурыў, алынған био газды теплицаларды жылытыў ушын кең түрде пайдаланыў бойынша келисимге ерисилди.
Сапар даўамында Кореяның Agency Korean IT Welfare IT компаниясы ўәкиллери менен сөйлесиўлер алып барылды. Онда Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары студентлери ушын онлайн тил үйретиў ҳәм IT бойынша онлайн сабақлар өтиў бойынша келисип алынды. Сондай-ақ, Нөкис қаласында ескирген турмыслық техникаларды қайта ислеўди жолға қойыў бойынша да келисимге ерисилди.